TG Telegram Group Link
Channel: Paziyletuz | Рәсмий канал
Back to Bottom
Республикамыз мешитлеринде Қурбан ҳайыты намазы оқылды

Бүгин, 16-июнь 2024-жыл. Республикамыздағы бәрше 64 мешитте Қурбан ҳайыты намазы оқылды.
Пайтахтымыз Нөкис қаласындағы орайлық «Имам ийшан Мухаммад» жаме мешитинде ҳайыт намазы оқылыўы алдынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси комитет баслығы Тажибай Раманов гүллән халқымызды, бәрше мөмин-мусылманларды Қурбан ҳайыты байрамы менен қутлықлап, Ѳзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси баслығының байрам қутлықлаўларын жәмәәтке жеткизди.
Нѳкис «Имам ийшан Муҳаммад» жаме мешити имам-найыбы Жумабек Искендеровта өз гезегинде ҳайыт намазы алдынан “Қурбан хайыты мүбәрек!” темасында баянат жасады ҳәм Қурбан ҳайыты байрамы менен гүллән халқымызды қутлықлап, ҳайыт намазы пазыйлети ҳәм Қурбанлық ибадаты тәртиби ҳаққында атап өтти. Ҳайыт намазынан соң журтымыздың тынышлығы ҳәм пәраўанлығы, халқымыздың абаданшылығын сорап қайырлы дуўалар қылынды.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#ҳайыт_қутлықлаўы

✌️ Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы устаз Бахрамаддин Разовтың гүллән халқымызды уллы Қурбан ҳайыты менен қутлықлаўы!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Республикамыз мешитлеринде ҳайыт намазлары оқылды

Бүгин, 16-июнь Қурбан ҳайытының биринши күни пүткил елимиз бойлап бәрше мешитлерде Қурбан ҳайыты намазы оқылды. Мешитке келиўшилер ушын шараятлар жаратылған. Адамлардың жүзлеринде қуўаныш, кеўиллеринде кѳтеринки сезим кѳринеди. Бул күнге жеткергенине Жаратқаннан миннетдар болып, шүкиршилик етпекте.
Бәрше мешит имам-хатиблери жәмәәтке ҳайыт намазын оқып берди ҳәм Аллаҳ тааладан елимиздиң тынышлығын сорап дуўалар қылды.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдис #қурбанлық

  Қурбанлық қылыў Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның да мүбәрек сүннети есапланады. Бул ҳаққында Абдуллаҳ ибн Умар разыяллаҳу анҳума былай дейди:

    "Пайғамбар алайҳиссалам Мадина (қаласын)да он жыл қурбанлық қылды".

    Имам Термизий ҳәм Имам Аҳмад рәўияты

    🌸🤲 Аллаҳ таала қылып атырған қурбанлықларыңызды қабыл етсин!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Қурбан_ҳайыты
#Видео_ролик

📹 НӨКИС ҚАЛАСЫ "ИМАМ ИЙШАН МУҲАММАД" ЖАМЕ МЕШИТИНДЕГИ
ҲАЙЫТ НАМАЗЫНАН ВИДЕО КӨРИНИС

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
HTML Embed Code:
2024/06/16 15:14:29
Back to Top