TG Telegram Group Link
Channel: Ибрайым Юсупов
Back to Bottom
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектеби жәмәәтиниң бүгинги байрамға арнап таярлаған видеоролигин нәзериңизге усынамыз!

Каналымыз!👇
https://hottg.com/ibrayim_yusupov

https://hottg.com/i_yusupov_mektebi
Шайыр менен хошласыў
(И.Юсуповқа...)

Өмир заңларына бойсынып Ўатан,
Шайыр улы менен жылап хошласты.
Тәбият ҳүкимин жүргизип қатаң,
Бир бийик талантты баўрына басты.

Қәдирдан перзентин қыймастан халық,
Сум тәғдир исине өкинди қатты.
Күтә албырақлап, көзге жас алып,
Китабын қушақлап, өзин жубатты.

Қағазға түспеген әжайып жырлар,
Шайыр жүрегине мәңги жерленди.
Оның қосығынан таралған нурлар,
Жарқыратып турар гөззал әлемди!

Көрисиўдиң илажы жоқлығын аңлап,
Мудам қыйналады Таллы жағысы.
Ләззет алар еди қосығын тыңлап,
Руўхын шад етеди айтқан алғысы.

Поэзия шәменин ләрзеге салды,
Илҳам перисиниң шеккен муң-зары.
Бирге күтим берген қосығы қалды,
Күлимлеп тур онда шайыр дийдары!

Бахытлы Сарыбаев

Каналымыз!👇
https://hottg.com/ibrayim_yusupov
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Жасыл жапырақ самал менен ойнаса,
Ашықлық ышқыдан кеўил тоймаса,
Гүллер ғумшаланса, бүлбүл сайраса,
Сен жанасаң поэзия жулдызы.

💐Ассалаўма әлейкүм ҳүрметли каналымыз ағзалары!
5-май Өзбекстан қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан ҳалық шайыры, Поэзия байтереги,
Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Ибрайым Юсупов атамыздың туўылған күни!
Ҳеш қашан сөнбес Поэзия жулдызының "96 жыллығы".
Сәне мүнәсибети менен бәрше каналымыз ағзаларын шын кеўилден қутлықлаймыз!
Аязий атамыздың руўҳлары шад болсын!🙏Шайырдың ислерин даўам еттириўши инсанларға атамыздың шарапаты тийсин!

Сиз ҳәмийше қәлбимизде жасайсыз!❤️

Каналымыз👇
https://hottg.com/ibrayim_yusupov
HTML Embed Code:
2025/07/01 12:57:59
Back to Top