Warning: mkdir(): No space left on device in /var/www/hottg/post.php on line 59

Warning: file_put_contents(aCache/aDaily/2025-07-22/post/ibrayim_yusupov/--): Failed to open stream: No such file or directory in /var/www/hottg/post.php on line 72
Шайыр ҳәм Жүрек @Ибрайым Юсупов
TG Telegram Group & Channel
Ибрайым Юсупов | United States America (US)
Create: Update:

Шайыр ҳәм Жүрек

Жүрек

Мен саған, шайыр, өкпели,
Сениң өзиң қалайсаң?
Аямайсаң тек мени,
Басқаның бәрин аяйсаң.

Үстимнен бәрҳа күлесең,
Азаплаўды билесең.
Кисиниң атын мингендий,
Қамшылайсаң жүресен.

Сәл жерде тасып толасаң,
Қыйт етсе ашық боласаң.
Күйдирип ышқы отына,
Саў жанға жара саласаң.

Дүньяның барлық қайғысын,
Үстиме мениң артасаң.
Қосық жазып түн бойы,
Уйқыламай шылым тартасаң.

Бир тынбай ислеп тураман,
Сен уйқылаған гезиңде.
Бийрәхим шайыр, жоражан,
Инсап бар ма өзиңде?!

Шайыр ҳәм Жүрек

Жүрек

Мен саған, шайыр, өкпели,
Сениң өзиң қалайсаң?
Аямайсаң тек мени,
Басқаның бәрин аяйсаң.

Үстимнен бәрҳа күлесең,
Азаплаўды билесең.
Кисиниң атын мингендий,
Қамшылайсаң жүресен.

Сәл жерде тасып толасаң,
Қыйт етсе ашық боласаң.
Күйдирип ышқы отына,
Саў жанға жара саласаң.

Дүньяның барлық қайғысын,
Үстиме мениң артасаң.
Қосық жазып түн бойы,
Уйқыламай шылым тартасаң.

Бир тынбай ислеп тураман,
Сен уйқылаған гезиңде.
Бийрәхим шайыр, жоражан,
Инсап бар ма өзиңде?!
👍13


>>Click here to continue<<

Ибрайым Юсупов




Share with your best friend
VIEW MORE

United States America Popular Telegram Group (US)


Warning: Undefined array key 3 in /var/www/hottg/function.php on line 115

Fatal error: Uncaught mysqli_sql_exception: Too many connections in /var/www/db.php:16 Stack trace: #0 /var/www/db.php(16): mysqli_connect() #1 /var/www/hottg/function.php(212): db() #2 /var/www/hottg/function.php(115): select() #3 /var/www/hottg/post.php(351): daCache() #4 /var/www/hottg/route.php(63): include_once('...') #5 {main} thrown in /var/www/db.php on line 16