Шайыр ҳәм Жүрек
Жүрек
Мен саған, шайыр, өкпели,
Сениң өзиң қалайсаң?
Аямайсаң тек мени,
Басқаның бәрин аяйсаң.
Үстимнен бәрҳа күлесең,
Азаплаўды билесең.
Кисиниң атын мингендий,
Қамшылайсаң жүресен.
Сәл жерде тасып толасаң,
Қыйт етсе ашық боласаң.
Күйдирип ышқы отына,
Саў жанға жара саласаң.
Дүньяның барлық қайғысын,
Үстиме мениң артасаң.
Қосық жазып түн бойы,
Уйқыламай шылым тартасаң.
Бир тынбай ислеп тураман,
Сен уйқылаған гезиңде.
Бийрәхим шайыр, жоражан,
Инсап бар ма өзиңде?!
>>Click here to continue<<