ҲӘР КИМНИҢ ӨЗ ЗАМАНЫ БАР
Гүлшанларда гүл ашылмас,
Гүл мәўсими келмегенше
Аўыл-еллер абат болмас,
Дийқан жылын бермегенше.
Ҳәр мәўсимниң бар өз гүли,
Ҳәр гүлдиң өз жамалы бар
Ҳәр пасылдың өз мезгили,
Ҳәр кимниң өз заманы бар.
Биреў даңқлы исбилермен,
Биреў спорт чемпионы
Биреўге хош ҳаўаз берген,
Жаслар жақсы көрер оны.
Компьютер заманының
Исинде не шек болады?
Илим, талант, техниканың
Кәраматы көп болады.
Шеттенбисең, орайдан ба?
Ол айырмас сиясатлап
Чикаго ма, Шымбайдан ба,
Ким болсаң да кетпес атлап.
Евразия физиклерин
Жарысқанда хайран қылған
Үш алтын медальдың бирин
Утып, утып, утып алған,—
АҚШ я Қытайдан емес,
Нөкистиң бир жас баласы.
Сондай баллар әжеп емес,
Болса илим дүрданасы.
Бәлким олар Сарез көлин
Тутастырып Арал менен,
Қандырар теңиздиң шөлин,
Сөз бар "зәрре бағыш" деген.
Хожелиниң қарапайым
Қызы Орал—доктор, алым,
Ким ойлаған, айнанайын,
Болар деп дүньяға мәлим.
Өз заманы келсе керек,
Даңқы жер жаҳанға кетти
Пүткил Азияға дәрек
Сыйлық оған несип етти.
Айтсам Қутыбаевтағы
Геркулестей күдиретти
Өзбекстанның байрағын
Төрт мәртебе желбиретти.
Ақыл, инта, талант, мийнет
Ҳәм ҳәр кимниң заманы бар.
Усы жерде сәл сабыр ет,
Гәптин басқа таманы бар.
Биразлар даңқ, атақ қуўып,
Ижад жолын таслап кетер
Қайнаўытлы ағыс суўып,
Булақлардың көзи питер.
Кәлемкешлер болды сондай,
Даңқ, атаққа бәрин сатқан.
Китаплары бири қалмай,
Мақтаўлы сын алып атқан.
Даңқлы болды олар соннан,
Ийттүйнеклер урқан жайды.
Енди көрсең, умытылған,
Жазғанын журт оқымайды...
Өз заманың—ол да дәўран,
Өмириңде бир келеди.
Даңқ, мақтаўға болсаң алаң,
Булақ суўы иркиледи.
Қандай атақ алғанлығын
Берунийдиң, Бердақлардың
Ҳеш ким сорамайды бүгин.
Мийнетин халық ардақлар дым.
Талант аты жақсы шапса,
Даңқ, мәртебе ерип жүрер.
Қызы жақсы күйеў тапса,
Қудағайдың өзи келер...
Февраль, 2002-жыл.
📄https://hottg.com/+AAAAAEI1zHGnTnIRFhpGFw
>>Click here to continue<<