ТИЛЕК
Мендеги ең үлкен тилек:
Не қыйынлық көрсек те,
Жас баланың жетимсиреп,
Жылағанын көрсетпе.
Ол бала ким?
Қайсы жерден?
Перзенти қай ананың?
Өмир, бизге көрсетпе сен
Жылағанын баланың.
Өз анасын, өз мәммесин
Жоқлап бала жыласа,
Адамзаттың ҳәммесиниң
Бул ең аўыр гүнасы.
Сол бир жетим калған бала
Вьетнамлы ма, негр ме,
Берер едим оған ғана
Жанымды бир өмирге.
Бирақ мениң жанымды ол
Не дәртине ем етсин?
Анасының бир ҳәўлетип
Сүйгенине не жетсин!
Не жетсин сол нәрестениң
Күлип талпынғанына,
Елтсин оны гүреслериң
Келешектиң таңына.
Бәрине де төзер жүрек,
Бирақ не ис көрсек те,
Жас баланың жетимсиреп,
Жылағанын көрсетпе!
Каналымызға ағза болың👇
http://hottg.com/ibrayim_yusupov
>>Click here to continue<<
