TG Telegram Group & Channel
Ибрайым Юсупов | United States America (US)
Create: Update:

ҚАРЛЫҒАШ

Жаслай жанға жақын ең сулыў тилде
Күйип-писип, сайрап турған қарлығаш!
Не деп турғаныңды түсинбесем де,
Маған дәркар емес сен ушын дилмаш.

Инсанға үйирсек қуссаң әзелден,
Сулыў сүўретиң бар қәлем сызғандай.
Қанатларың қайшы менен гүзелген
Пәклигиңе периштелер қызғандай.

Не деген жағымлы нәзик ҳәм көркем
Тил менен сайрайсаң кеткенше есиң.
Бейиш ҳаўазынан илҳамланып сен,
Оқыйсаң «Лейлатул қәдир» сүўресин.

Намруд фирғаўнның гүлханы жанып,
Аспаны-фалекти жалынлатқанда,
Пайғамбарды үлкен сақпанға салып,
Гүрлеп жанған от ишине атқанда, -

Сен суў тасып кирттай тумсығың менен,
Отқа суў сепкенсең шырылдап жүрип.
Пайғамбар елжиреп шын жүрегинен,
Саған дуўа қылған бул исти көрип.

«Ҳак нийетиң менен аткарсаң қалыс,
Жақсылықтың үлкен-кишиси болмас»,
Деген ибратлы сөз әзелий таныс
Соннан қалса керек бизге, қарлығаш.

Сәўирдиң, самалы менен бәҳәрде
Әйнегимнен кирип келер едиң сен.
Тамның ағашына, қәўипсиз жерге
Жубайласып уя салар едиң сен.

Шымшық аңлыйтуғын тарғыл пышық та
Саған мәлел бермей көз жумар еди.
Сийрек көринесең сен соңғы ўақта,
Қашқаныңа кандай себеп бар еди?

Аўа, биз инсапсыз қаттыға кетип,
Аяўсыз уўладық жер, суў, ҳаўаны.
Ана-тәбиятқа қыянет етип;
Енди тартпақтамыз оның заўалын ...

Балалық шағымның өжиресине
Сени алып кирген көклемги қуяш.
Кел, ашық кеўлимниң пәнжиресине
Тартынбай уя сал, сулыў қарлығаш.

Ҳут айы, 1995-жыл.

📄https://hottg.com/+AAAAAEI1zHGnTnIRFhpGFw

ҚАРЛЫҒАШ

Жаслай жанға жақын ең сулыў тилде
Күйип-писип, сайрап турған қарлығаш!
Не деп турғаныңды түсинбесем де,
Маған дәркар емес сен ушын дилмаш.

Инсанға үйирсек қуссаң әзелден,
Сулыў сүўретиң бар қәлем сызғандай.
Қанатларың қайшы менен гүзелген
Пәклигиңе периштелер қызғандай.

Не деген жағымлы нәзик ҳәм көркем
Тил менен сайрайсаң кеткенше есиң.
Бейиш ҳаўазынан илҳамланып сен,
Оқыйсаң «Лейлатул қәдир» сүўресин.

Намруд фирғаўнның гүлханы жанып,
Аспаны-фалекти жалынлатқанда,
Пайғамбарды үлкен сақпанға салып,
Гүрлеп жанған от ишине атқанда, -

Сен суў тасып кирттай тумсығың менен,
Отқа суў сепкенсең шырылдап жүрип.
Пайғамбар елжиреп шын жүрегинен,
Саған дуўа қылған бул исти көрип.

«Ҳак нийетиң менен аткарсаң қалыс,
Жақсылықтың үлкен-кишиси болмас»,
Деген ибратлы сөз әзелий таныс
Соннан қалса керек бизге, қарлығаш.

Сәўирдиң, самалы менен бәҳәрде
Әйнегимнен кирип келер едиң сен.
Тамның ағашына, қәўипсиз жерге
Жубайласып уя салар едиң сен.

Шымшық аңлыйтуғын тарғыл пышық та
Саған мәлел бермей көз жумар еди.
Сийрек көринесең сен соңғы ўақта,
Қашқаныңа кандай себеп бар еди?

Аўа, биз инсапсыз қаттыға кетип,
Аяўсыз уўладық жер, суў, ҳаўаны.
Ана-тәбиятқа қыянет етип;
Енди тартпақтамыз оның заўалын ...

Балалық шағымның өжиресине
Сени алып кирген көклемги қуяш.
Кел, ашық кеўлимниң пәнжиресине
Тартынбай уя сал, сулыў қарлығаш.

Ҳут айы, 1995-жыл.

📄https://hottg.com/+AAAAAEI1zHGnTnIRFhpGFw


>>Click here to continue<<

Ибрайым Юсупов




Share with your best friend
VIEW MORE

United States America Popular Telegram Group (US)