TG Telegram Group Link
Channel: Charjau_Elmuratov
Back to Bottom
Канал: @charjau_elmuratov
Ассалаўма әлейкум!

Ҳүрметли ҳәм қәдирли ўатанласларым.

Әзиз заманласлар!

Бәриңизди өзинде гөззаллық, пәклик, мийрим-шәпәәт, дослық ҳәм жақсылық сыяқлы ең ағла пазийлетлерли жәмлеген - муқәддес қурбан ҳайыты байрамы менен шын кеўилден қутлықлайман!

Гөззал ҳәм теңсиз, көзимиздиң қарашағы Ана Ўатанымызда жасап, мийнет етип атырған бәриңиздиң жақынларыңыз бенен дос-яранларыңызға жақсылық етиў, кеўли түскинлерге жыллы сөз айтып, руўхын көтериўге, бүгинги тыныш ҳәм абадан турмысымызға шүкир айтыў мүмкиншилигиңиз, тилегиңиз, дәрьядай тасқын пәк кеўлиңиз бар.

Соның менен бирге, Сиз ҳәр қандай итибарға, мийрим-шәпәәтке ҳәм жақсылыққа ылайықсыз!

Сизлерди бүгинги мине, усындай жоқары инсаныйлық пазийлетлериниң белгиси болған Қурбан ҳайыты менен және бир мәрте қутлықлай отырып, шаңарақларыңызға аманлық, ығбал-бахыт ҳәм ийгиликли ислериңизде бәрҳә жаратқанның өзи яр болыўын тилеймен!

Ҳүрмет пенен,

@charjau_elmuratov
НӨКИСТЕ ЖАМҒЫР…

Нөсерлеп жаўмақта Аўылда жамғыр,
–деген хабар келди яраннан бүгин.
Дереземнен қарайман, ол қалай ақыр?
Қуяш  бунда  шашып турар шуғласын.

Сол таныс жаўынға көксимди тутып,
Елеслеп қыялда жамғырдың сестин.
Бир жаўрасам қәне, қумардан шығып,
Ана жердиң хошрей ийисин сүйип.

Аспан кеңисликқой, теңдей емес пе?
Ɵзге жерде жамғыр жаўмай ма дерсең.
Жоқ, жоқ бул аспан, мәкан өзгеше,
Бул туўған топрақтың жамғыры билсең.

Дерезеден сығалаған эй достым!
Шапаныңды кий де шық тез далаға.
Тыңласаң хошшыңның бир өтинишин,
Мен ушын жамғырда азырақ жаўра.


Ташкент-Дүрмен. 17-апрель, 2022-жыл.

@charjau_elmuratov
Нөкисте жамғыр
<unknown>
Нөкисте жамғыр

Автор: Ч.Елмуратов

Оқыған: Г.Дәўлетназарова

Канал: @charjau_elmuratov
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Қанлыкөл районының тарийхы, оның усы атамасының келип шығыўы бойынша буннан басқа да аңызлар, әпсаналар көп.

Мен еситкен әңгимелерден бири усы видеодағы мағлыўматқа жақынырақ.

Әңгиме етилиўине көре, бул жерде ҳақыйқатында да үлкен көл болған деседи. Онда балық мол болып, ол өз ғәзийнеси менен жергиликли халықты бағып отырған.

Тәбийғый түрде ол әтирапта балық услаўшы жигитлер - балықшылар болған. Олар ҳәр сапары балық услаўға, көлге жылым салыўға атланар алдында шаңарағы, ата-аналары жылымың майлы болсын, жылымың балықтың қаны менен майлансын, дегендей етип, пәтия береди екен.

Әлбетте, бул дуўалар бәржай болып, балықшылар ҳеш те балықсыз қайтпаған.

Яғный Қанлы көлде балық мол болып, көл сол аймақта жасаўшы халықтың ырысқы-несийбеси саналған. Көл тек ғана сол аймақтағы емес, алыс аймақлардағы елатларды да өз балығы менен, сақлаған деген әпсаналар бар.

Сиз Қанлыкөл ҳаққында, усы елат атамасының келип шығыў тарийхы ҳаққында басқа қандай мағлыўматларға ийесиз?

Комментарийде биз бенен бөлисиң!
#Миллий_ойынлар_миллий_мақтаныш

Қарақалпақ миллий аяқ ойыны - ШАҒАЛА

Шағ-шағала, шағала,
Жаптың бойын жағала.
Ылай суўда балық бар,
Алалмайсаң шағала.

Сүўретлер Парахатдин Тажитдиновтың facebok тармағындағы жеке бетинен алынды

Канал: @charjau_elmuratov
Еркин КК.pdf
2.7 MB
#Күнниң_темасы

Барлық жақсы нәрселер – балаларға, сол жақсылардың да ең жақсысы – “Жеткиншек!”


«Еркин Қарақалпақстан» газетасының 14.06.2025-жылдың 75-санында Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекстанға мийнети сиңген журналист, «Әмиўдәрья» журналының бас редакторы Халила ДӘЎЛЕТНАЗАРОВтың усы атамадағы мақаласы жәрияланды.

Мақаланы жоқарыдағы фаилда оқып танысыўыңызға болады.

Канал: @charjau_elmuratov
ҚАЛАЙ БОЛАР ЕКЕН-Ә!

Гәде там-тум, нобай гә,
Бирде шеплеў, қолай гә,
Тәғдир, - деген олай гә,
Булай болар екен-ә!

Ҳижран дағы ярларда,
Жоқлық көкси зарларда,
"Айды жабыў" барларға,
Оңай болар екен-ә!

Тәшўиш қумы еспели,
Дәрт қанжары кеспели,
Ығбал-бахыт, - дескени,
Көшип-қонар екен-ә!

Гейде зәҳәр, гейде пал,
Көкирегиңде қыйлы қал,
Бундай азап, бундай ҳал,
Талай болар екен-ә!

Жыйырылған кирпили,
Сөзлер тийип түрпили,
Сабыр кәсаң бир күни,
Лип-лип толар екен-ә!

Жүрек қуры-қурыдан,
Сырқылмас өз нурынан,
Тәғдир, гейде урыдан,
Бетер тонар екен-ә!

Өмир, - деген арпалыс,
Қыйыў мүмкин ҳәр қамыс,
Ҳүждансызға ар намыс,
Малай болар екен-ә!

Иләҳийден нур қуйған,
Қорғап жүрер дин-ийман,
Қас етилсе сып-сыйдам,
Қылып жонар екен-ә!

Белес-белес жыл ассақ,
Уллыларға улассақ,
Халық дәрти деп жылассақ,
Қалай болар екен-ә!

19-июль, 2014-жыл

Канал: @charjau_elmuratov
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
"Ассалаўма әлейкум, Қарақалпақстан!" көрсетиўиниң бүгинги саны.

Қоңыратлы "Мийрас" ВИАның избасары Ринат Юсуповтың жанлы қосығы кеўиллерге қозғаў салған болса, устазымыз Полат Айтмуратовтың қәлемине тийисли спектакль - "Сүйинши"ни көрип, өткендеги әжайып ретро ленталарға оралдық.

22.06.2025

Канал: @charjau_elmuratov
Бүгин Қарақалпақстан халық жазыўшы, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер - Гүлайша апа Есемуратова дүньядан өтти.

Жазыўшы усы жылдың 18-февраль сәнесинде өзиниң 95 жасын қарсы алған еди.

Халқымыздың сүйикли жазыўшысы, көплеген шәкиртлердиң, әсиресе, ҳаял-қыз дөретиўшилердиң устазы Гүлайша апаның жатқан жерлери жайлы, топырағы торқа болсын!

Канал: @charjau_elmuratov
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Архив

Быйылғы жыл басында Қарақалпақстан телевидениеси тәрепинен  Гүлайша апаның 95 жыллық юбилейине бағышлап таярлаған сюжет.

Канал: @charjau_elmuratov
Audio
Ринат ЮСУПОВ

Қоңыратлы хошҳаўаз инимизден 13 жыл илгириде жазылған текстимизге нама-қосық дөрепти.
Еситип баҳа бериңиз!

Канал: @charjau_elmuratov
Ринат ЮСУПОВ

Күни кеше Қарақалпақстан телевидениесине тиккелей эфирге барып, қоңыратлы талантлы хошҳаўаз инимиз Ринат Юсупов пенен ушырасқан едим. Ринатты көп жыллардан берли, яғный студентлик жылларымнан таныйман. Ол 2010-2015-жылларда Республикалық танлаўларда белсене қатнасып, пайтахтқа тез-тез келип туратуғын, үлкен сахналарда өзиниң сыңғырлаған ширели ҳаўазы менен халық қосықларын да кәмине келтирип атқаратуғын еди. Тиккелей эфирде де жақсы атқарды.

Сол күнлердиң биринде, алжаспасам 2015-жылда Мәденият министрлигинде ислеп атырған ўақтымда Ринат пенен танысып қалдым. Ол ўақлары ҳәўескер сыпатында анда-санда қосық жазып жүрген ўақтымыз. Сонда Ринат меннен текст сорап, жоқарыдағы қосық текстин усынған едим. Бүгин маған сол қосықты намасы ҳәм өзиниң атқарыўындағы аудио жазыўды усынып тур. Ҳайран қалдым. Себеби, бул ҳәўескерлик пенен жазылған қосық текстин қашан жазғанымды умытып та кеткен едим. Бирақ, оның итибарлылығына, текстти сонша жыл сақлап, ақыры атқарып шыққанына қайыл қалдым.

Жокарыдағы аудиофаил арқалы тыңлап, өз баҳаңызды берсеңиз

Канал: @charjau_elmuratov
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы телерадиоканалы «Ассалаўма әлейкум, Қарақалпақстан!» көрсетиўиниң 22.06.2025-жылдағы саны.

Ретро ленталарға арналған тиккелей эфирде өз пикирлеримиз бенен қатнастық. Эфир, оның таңлаған темасы маған жүдә унады.


Канал: @charjau_elmuratov
27-июнь - Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары күни

Сәне мүнәсибети менен атымызды атап, өзиниң жыллы тилеклерин билдирген, саўға-сәлем менен сыйлаған устазлар - Сағындық аға Турманов ҳәм Аманжол аға Аяповқа терең миннетдаршылық билдиремен!

Канал: @charjau_elmuratov
HTML Embed Code:
2025/06/29 21:09:21
Back to Top