TG Telegram Group Link
Channel: Каракалпак 24
Back to Bottom
Мүрәжат

Ассалаўма Әлейкум! Мен Нөкис қаласы 22мкр 1-а дом турғыны боламан. 1 айдан бери конализация суўлары сыртка ағып атыр соны шешип бериўдиң иләжы барма екен?

👉 @Karakalpak24
Pulmakon«CLEVER»  микрокредит шөлкеми.
          КРЕДИТ
2-СААТТА ШЫГАДЫ

Кредит 10 млн нан 300 млн ға шекем 6 айдан 2 жыл мүддетке бериледи.

АВТОКРЕДИТ
Генеральный доверенность берип сатсанызда сатып алсанызда болады

Кредит ти 10 кунде яки 1 айда кайтарсанызда болады тек алган куниниз ге процент косылады

Кредит алыў ушын  Сиз тек ғана 2005-жылдан  төмен болмаған Автотранспорт НОТАРИУС арқалы ГИРЕЎге (ЗАЛОГқа) қойып, автомашинаңыздың жағдайына қарап кредит аласыз

КЕРЕКЛИ ҲҮЖЖЕТЛЕР
Пуқараның ҳәм зайыбының паспорты
Машинаның техпаспорты
Пластик карта
Нотариусқа 970 мың сум төлем.

БАСҚА ТӨЛЕМ ЖОҚ!
 
АЙЫНА ТӨЛЕУ График

10 млн   884 000
20 млн  1.767 000
30 млн  2.651 000
40 млн   3.534 000
50 млн  4.418 000
60 млн  5.301 000
70 млн 6.185 000
80 млн 7.068 000
90 млн  7.952 000
100 млн 8.835 000
Айма ай график бойынша төлеп барасыз

https://hottg.com/OLX_NUKUS_GRUP

Телефон
+998930002221
+998977890782
+998907003777
Мәнзил: Нөкис қаласы, Ағаш базар жанындағы «Металл профиль» атлы бәндирги.

Реклама
#Тайынлаў

Кегейли районы ҳәкимине орынбасар тайынланды

Жумабай Қайыпназаров — Кегейли районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Қазақстанның алдынғы экономика министри ҳаялын өлтиргени ушын қамалды

Ҳаялы Салтанат Нукенованы өлтиргени ушын Қуўандық Бишимбаев 24 жыл мүддетке азатлықтан айрылды.

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🤖 Жасалма интеллект адамларды алдаўды үйренип алды

Алымлар буннан қәўәтер алмақта.

👉 @Karakalpak24
❗️Мектеп директоры ҳәм мүғәллимлерине 40% үстеме бериледи

Мүғәллим ҳәм басшы хызметкерлер ушфн жаңа үстеме түри енгизилди. Ендигиден былай сапалы билим бериўди тәмийнлеўде жақсы нәтийжелерге ерисип атырған улыўма орта билимлендириў мектеп басшылары ҳәм мүғәллимлерге 40 % ке шекем үстеме бериледи.

👉 @Karakalpak24
❗️Оқыўға кириў ушын минимал өтиў баллары усы жылы ҳәм келеси оқыў жылында көтериледи

Усы жылғы, яғный 2024/2025-оқыў жылы ушын өтиў баллары:

денсаўлықты сақлаў, ҳуқық, бизнес ҳәм басқарыў жөнелислери ушын — 75,6 балл;

басқа жөнелислер ушын — 66,5 балл етип белгиленеди.

Келеси жылы, яғный 2025/2026-оқыў жылында болса өтиў баллары төмендегише:

денсаўлықты сақлаў, ҳуқық, бизнес ҳәм басқарыў жөнелислери ушын — 94,5 балл;

басқа жөнелислер ушын — 75,6 балл етип белгиленеди.

👉 @Karakalpak24
Pulmakon«CLEVER»  микрокредит шөлкеми.
          КРЕДИТ
2-СААТТА ШЫГАДЫ

Кредит 10 млн нан 300 млн ға шекем 6 айдан 2 жыл мүддетке бериледи.

АВТОКРЕДИТ
Генеральный доверенность берип сатсанызда сатып алсанызда болады

Кредит ти 10 кунде яки 1 айда кайтарсанызда болады тек алган куниниз ге процент косылады

Кредит алыў ушын  Сиз тек ғана 2005-жылдан  төмен болмаған Автотранспорт НОТАРИУС арқалы ГИРЕЎге (ЗАЛОГқа) қойып, автомашинаңыздың жағдайына қарап кредит аласыз

КЕРЕКЛИ ҲҮЖЖЕТЛЕР
Пуқараның ҳәм зайыбының паспорты
Машинаның техпаспорты
Пластик карта
Нотариусқа 970 мың сум төлем.

БАСҚА ТӨЛЕМ ЖОҚ!
 
АЙЫНА ТӨЛЕУ График

10 млн   884 000
20 млн  1.767 000
30 млн  2.651 000
40 млн   3.534 000
50 млн  4.418 000
60 млн  5.301 000
70 млн 6.185 000
80 млн 7.068 000
90 млн  7.952 000
100 млн 8.835 000
Айма ай график бойынша төлеп барасыз

https://hottg.com/OLX_NUKUS_GRUP

Телефон
+998930002221
+998977890782
+998907003777
Мәнзил: Нөкис қаласы, Ағаш базар жанындағы «Металл профиль» атлы бәндирги.

Реклама
Пуқараларға күшли тәсир етиўши дәри сатқанлар анықланды

Мәлим болыўынша, “Н.Л.” ЖШЖ дәриханасы басшысы Г.Н. ҳәм “Р.П.Ҳ.” меншикли кәрханасы дәрихана сатыўшысы М.Т. пуқаралар Б.Е. ҳәм М.Т.ға 2 түрдеги күшли тәсир етиўши дәри өнимлерин жәми 2,8 млн сомға сатқан ўақтында қолға алынған. Оператив илаж Департаменттиң Нөкис ҳәм Қанлыкөл район бөлимлери тәрепинен өткерилген.

Ҳәзирде жоқарыдағы жағдай бойынша ӨзР Жынаят кодексиниң тийисли статясы менен жынаят иси қозғатылған.

👉 @Karakalpak24
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстанда бала урылары пайда болды ма?

Әмиўдәрья районы Манғыт қаласында бир топар шахслар мектепке кетип баратырған балаларды тоқтатып, «мектепке алып барып қоямыз, зат алып беремиз», деп алдап машинасына миндирмекши болғаны ҳаққында хабарлар тарқалды. Кейиншелли бул жағдай Беруний районында жүз бергени айтылды.

👉 @Karakalpak24
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Rásmiy múnásibet

2024-jıl 13-may kúni KARAKALPAK24 telegram kanalı arqalı járiyalanǵan foto múrájatqa múnásibet:

Nókis qalası "Gúzar" hám "Eli abat" MPJ aymaǵındaǵı A.Dosnazarov kóshesi boylap ótip turǵan d=1000 mm bolg'an o'zi ag'ar oraylıq aqaba suw tarmag'ının' tozıwı jetkenligi sebepli avariyalıq jag'day kelip shıqtı. Sonıń nátiyjesinde múrájat boyınsha kórsetilgen 22-kishi rayonı 1-a jay aymaǵında sonday aq bir qansha konalizaciya tarmaqlarında nasazlıqlar júz berip atır. Bul boyınsha "Qaraqalpaq suw támiynatı" AJ Nókis qalalıq "Aqaba suw" bóliminiń avariyalardı tiklewshi brigadası tárepinen arnawlı texnikalar járdeminde nasazlıqlardı saplastiriw jumısları alıp barılmaqta.

"Qaraqalpaq suw ta'miynatı" AJ ma'limleme xızmeti

👉 @Karakalpak24
Турақ жай ушын субсидия кимлерге бериледи?

Нызамшылыққа муўапық, турақ жай сатып алыў ямаса жеке тәртиптеги турақ жайларды қурыў ҳәм реконструкция қылыў ушын субсидия дараматы жоқары болмаған ҳәм турақ жайын жақсылаўға мүтәж пуқараларға ажыратылыўы белгиленген.

Яғный орташа айлық дараматы төмендегише болғанлар дараматы жоқары болмаған пуқара ямаса шаңарақ деп есапланады:

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда белгиленген мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 2,7 есесинен 8 есесине шекем (2 млн 835 мың сумнан 8 млн 400 мың сумға шекем);

Мағлыўмат ушын: бүгинги күнде мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары 1 млн 50 000 су́м.

👉 @Karakalpak24
❗️Жоқары билимлендириўдеги соңғы жаңалықлар

- Сыртқы тәлим формасы жабылады. Яғный сыртқы тәлим формасы басқышпа-басқыш аралықтан оқыў (онлайн) формасын кеңейтиў ҳәм узайтырылған тәлим формасын енгизиў арқалы сапластырылады.

- Оқыўға грант тийкарында киргенлер екинши курстан баслап рейтинг көрсеткишлери бойынша ең жоқары нәтийжелерди көрсетсе ғана грантта оқый алады, егер көрсеткиш төмен болса, контракт болып қалады;

- Мақсетли квота ҳәм жеңиллик тийкарында оқыўға кирген студентлер социаллық хошаметлеўши грант тийкарында толық бийпул оқытылады;

- ЖОО қабыллаў еки басқышта өткерилетуғын болды: биринши – дизимнен өтип пәнлерди сайлайды, екинши – тест нәтийжесине қарап тәлим бағдарын ҳәм оқыў орынын сайлайды.

Дерек

👉 @Karakalpak24
"Соңғы қоңыраў" питкериў кешелери ҳәм басқа иләжларды өткериў қадаған етиледи

25-май күни иләж 1 саат даўам етеди, оған 1-4-9-11-класс оқыўшылары қатнастырылады. Түрли ресторан ҳәм кафелер, үйлерде "Питкериў кешеси"н өткериў, оқыўшылардан пул жыйнаў қадаған етиледи.

👉 @Karakalpak24
Нөкистеги көзи әззилер китапханасында 670 млн сом талан-тараж етилгени анықланды

Нөкис қаласында жайласқан көзи әззилер арнаўлы китапханасының административ имаратын жаңадан қурыў ҳәм үскенелеў бойынша әмелге асырылған қуны 10,4 миллиард сумлық кесип алып ислеў жумыслары үйренилип, жәми 530,4 миллион сомлық жумыслар исленбеген болса да, есабатларға қосып жазыў жолы менен бюджет қаржылары талан-тараж етилгени анықланған.

Китапхананы үскенелеў мақсетинде ажыратылған 2 брайл принтери ушын 90 миллион сом ҳәм 1 даўыс жазыў студиясы ушын 50 миллион сом қаржы да өзлестирилип жиберилиўи ақыбетинде көриў қәбилетинде нуқсаны бар шахсларды қарақалпақ тилинде зәрүр әдебият ҳәм аудио материаллар менен тәмийинлеў мүмкиншилиги шекленген.

Усы жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 167-статьясы, 3-бөлими, «а» бәнти ҳәм 209-статьясы 1-бөлими менен жынаят иси ашылды.

Мәлим етилиўинше, ҳәзирги ўақытта тергеў ҳәрекетлери алып барылып, жеткерилген зыянды қаплаў шаралары көрилмекте.

👉 @Karakalpak24
🚌 Автобусларда неше жасқа шекемги балалар бийпул жүриӯ ҳуқықына ийе?

Бүгинги күнде жолаӯшылар тәрепинен усындай сораӯлар бойынша мүрәжатлар келип түспекте.

🚌 Автобусларда жолаӯшы ѳзи менен бирге 👩‍👦 5 жасқа шекем болған бир баланы бийпул орынлықсыз, 5 жастан 10 жасқа шекем болған баланы билет баҳасының 50 пайызы менен орынлық берилген ҳалда алып жүриӯ ҳуқықына ийе.
👩‍👧‍👦 10 жасқа шекемги болған 2 бала ҳәм оннан кѳп балалар алып жүргенде олардан биреӯи бийпул, қалғанлары билет баҳасының 50 пайызын тѳлеп орынлық берилген ҳалда алып жүриӯине болады.

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети

👉 @Karakalpak24
Нөкистеги көзи әззилер китапханасында 670 млн сом талан-тараж етилгени анықланды

Нөкис қаласында жайласқан көзи әззилер арнаўлы китапханасының административ имаратын жаңадан қурыў ҳәм үскенелеў бойынша әмелге асырылған қуны 10,4 миллиард сумлық кесип алып ислеў жумыслары үйренилип, жәми 530,4 миллион сомлық жумыслар исленбеген болса да, есабатларға қосып жазыў жолы менен бюджет қаржылары талан-тараж етилгени анықланған.

Китапхананы үскенелеў мақсетинде ажыратылған 2 брайл принтери ушын 90 миллион сом ҳәм 1 даўыс жазыў студиясы ушын 50 миллион сом қаржы да өзлестирилип жиберилиўи ақыбетинде көриў қәбилетинде нуқсаны бар шахсларды қарақалпақ тилинде зәрүр әдебият ҳәм аудио материаллар менен тәмийинлеў мүмкиншилиги шекленген.

Усы жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 167-статьясы, 3-бөлими, «а» бәнти ҳәм 209-статьясы 1-бөлими менен жынаят иси ашылды.

Мәлим етилиўинше, ҳәзирги ўақытта тергеў ҳәрекетлери алып барылып, жеткерилген зыянды қаплаў шаралары көрилмекте.

👉 @Karakalpak24
Шымбай районында IT-қалаша шөлкемлестириледи

Президентимиздиң тапсырмасы менен IT-тараўын шетки аймақлардада раўажландырыў мақсетинде мәмлекетимиздиң бир қанша аймақлары қатарында Шымбай районында да IT-қалаша шөлкемлестириледи.

Президентимиз қалашалар жаслар ушын қолайлы орында болыўы менен бирге жоқары маманлыққа ийе қәнигелер билим бериўи керек екенлигин тапсырды.

👉 @Karakalpak24
HTML Embed Code:
2024/06/12 01:21:22
Back to Top