TG Telegram Group Link
Channel: Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры
Back to Bottom
#ЕСЛЕЎ_ҲӘМ_ҚАДИРЛЕЎ_КҮНИ

Бүгин пайтахтымыздағы "Ўатансүйиўшилик бағындағы "Еслеў үйи" алдында  9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәм Екинши жер жүзлик урыста ерискен уллы жеңистиң 79 жыллығына бағышланған "Ҳеш ким ҳеш қашан умытылмайды" атлы концерт бағдарламасына Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының хор жәмәәти қатнасып өз қосықларын халқымызға усынды.

Театрдың мәлимлеме хызмети.

✉️ 👉
@Krteatr,

🌐 👉
https://berdax-teatr.uz/‌‌
Ҳүрметли урыс ҳәм мийнет фронты қатнасыўшылары!

Бүгинги даңқлы сәнени шексиз қуўаныш соның менен бирге терең қайғы-ҳәсирет пенен еслеймиз. Ўатан азатлығы ушын, ҳәзирги тыныш ҳәм татыў күнлер ушын саўаш майданларында аманатын тапсырған ата-бабаларымызды, фронт артында пидайы мийнет еткен ўатанласларымыздың муқәддес естелигин яд етип, ҳүрметимизди билдиремиз.

Сиз әзиз ҳәм даңқлы ветеранларымыздың теңсиз қаҳарманлықларыңыз пүткил инсаният тарийхына мәнгилик өшпейтуғын, уллы, өз алдына бир бет сыпатында жазылғанлығын терең миннетдаршылық пенен атап өтемиз.

Теберик жасқа жетип, бүгин арамызда саў-саламат, дуўалы болып жүрген урыс ҳәм мийнет фронтының барлық жаўынгерлерине және бир мәрте жоқары меҳир ҳәм ҳүрметимизди инәм етип, олардың барлығына шын жүректен рахмет айтамыз.

Турмыстың аўыр ҳәм ашшы сынаўларын мәртлерше жеңип өткен Сиз, әзизлердиң елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, жасларды Ўатанға мухаббат ҳәм садықлық руўхында, жетик инсан етип тәрбиялаўға қосып атырған мүнәсип үлесиңизди халқымыз жақсы биледи.

Сизлердиң уллы қаҳарманлықларыңыз ҳәм пидайы хызметлериңиз ушын бәршемиз бас ийип тәжим етемиз.

Гүллән халқымызды бүгинги байрам менен қутлықлап, беккем ден саўлық, шаңарағыңызға аўызбиршилик, ийгиликли ҳәм машақатлы жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз!

Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#_Театр_архивинен

К.Рахмановтың «Жаралы жүреклер» спектаклинен үзинди. Роллерде Сапар ата- Оразбай Умитқулов, Зернегүл шеше-Оразгүл Даўлетова, Карима-Ажар Аңсатбаева, Бодық–Досберген Ранов. 1976 жыл.

Театрдың мәлимлеме хызмети.

✉️ 👉
@Krteatr,

🌐 👉
https://berdax-teatr.uz/‌‌
🎭 Ҳүрметли театр ықласбентлери! Сизлерди 10- май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры Симфониялық оркестрдиң «Сиз сүйген намалар» атлы концерт дәстүрине мирәт етеди.

Концерт саат 17:00де басланады.

билетлер театр кассасында сатылмақта.

Байланыс ушын тел 📞 91-384-70-69

Театрдың мәлимлеме хызмети.

✉️ 👉
@Krteatr,

🌐 👉
https://berdax-teatr.uz/
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
10-май саат 18:00де Орайлық амфитеатрда биз сизди "Bozataw fest- Jaslar hawazı" фестивалының ашылыў мәресиминде күтемиз!

Министрликтиң мәлимлеме хызмети
 🌐instagram | facebook |           telegram 📹 youtube
🎭 Ҳүрметли театр ықласбентлери! Сизлерди 12-май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры Ш.Айтматовтың «Лувр үйреги» спектаклине мирәт етеди.

Спектакль саат 17:00 басланады.

Спектакльди сахналастырған режиссёр Мухтар Реймов художник Тимур Шардеметов.

билетлер театр кассасында сатылмақта.

Байланыс ушын тел 📞 91-384-70-69

Театрдың мәлимлеме хызмети.

✉️ 👉
@Krteatr,

🌐 👉
https://berdax-teatr.uz/
🎭 Ҳүрметли театр ықласбентлери! Сизлерди 11-май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры К.Чапектиң "Ана" драмасына мирәт етеди.

Спектакльди сахналастырған режиссёр Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Сарсенбай Узақбаев.

Спектакль саат 17:00де басланады.

билетлер театр кассасында сатылмақта.

Байланыс ушын тел 📞 91-384-70-69


Театрдың мәлимлеме хызмети.

✉️ 👉
@Krteatr,

🌐 👉
https://berdax-teatr.uz/
«Жаслар ҳаўазы» фестивалының ашылыў салтанаты болып өтти

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен елимиздиң қыз-жигитлерин Қарақалпақстанның турмысы менен жақыннан таныстырыў мақсетинде Жаслар фестивалын шөлкемлестириў усынысы билдирилген еди.

Қысқа ўақыт ишинде «Бозатаў фест» Жаслар ҳаўазы Республика жаслар фестивалы пүткил Өзбекстан бойынша жас талантларды жүзеге шығарыўда әҳмийетли болған илажлардың бирине айланып үлгерди.

Бүгин Нөкис қаласында фестивальдың ашылыў салтанаты болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, елимиздиң мың-мыңлап жасларын өзинде жәмлеген фестивалдың ашылыўы менен жыйналғанларды қутлықлады ҳәм барлық қатнасыўшыларға әўмет яр болыўын тиледи.

Ашылыў салтанатында елимиздиң барлық аймағынан қатнасыўшылар – өз аймақларында теңсиз деп табылған жас талант ийелери ҳәм мийманлар қатнасты.

«Ёшлар овози» фестивалининг очилиш маросими бўлиб ўтди

Ҳурматли Президентимиз томонидан юртимиз йигит-қизларини Қорақалпоғистоннинг ҳаёти билан яқиндан таништириш мақсадида Ёшлар фестивалини ташкил этиш таклифи билдирилган эди.

Қисқа вақт ичида «Бозатаў фест» Ёшлар овози Республика ёшлар фестивали бутун Ўзбекистон бўйича ёш иқтидорларни кашф этишда аҳамиятли бўлган тадбирларнинг бирига айланиб улгурди.

Бугун Нукус шаҳрида фестивалнинг очилиш маросими бўлиб ўтди.

Унда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев сўзга чиқиб, юртимизнинг минг-минглаб ёшларини ўзида жамлаган фестиваль очилиши билан йиғилганларни табриклади ва барча иштирокчиларга омад ёр бўлишини тилади.

Очилиш тантанасида юртимизнинг барча ҳудудларидан иштирокчилар – ўз ҳудудларида тенгсиз деб топилган ёш иқтидорлар ва меҳмонлар иштирок этди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
HTML Embed Code:
2024/06/09 21:36:55
Back to Top